Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың исбилерменлер ушын қабыллаўы болып өтти
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың исбилерменлер ушын қабыллаўы болып өтти
1997
Бүгин Нөкис қаласындағы Саўда санаат палатасы имаратында бир қатар исбилерменлер ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың жеке қабыллаўы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Болып өткен қабыллаўда Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қабыллаўына жазылған дизим бойынша исбилерменлердиң мүрәжатлары тыңланып, орнында шешим табыў илажлары көрилди.
Ушырасыўда билдирилген мүрәжатлар тийкарынан бизнести қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыўды әпиўайыластырыў, сондай-ақ, исбилерменлик жумысын жетилистириўде ушырасып атырған бюрократиялық тосықлар ҳәм айырым хызмет көрсетиў жөнелислериндеги исбилерменлик жумысларын қоллап-қуўатлаў бойынша болып, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен барлық машқалалар тыңланды.
Айтып өтиў орынлы, экономиканың турақлы өсимин тәмийинлеў ҳәм исбилерменлик ушын қолайлы шараятларды жаратыў, бизнес субъектлерин қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлар бүгин экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўларды жаңа басқышқа көтериўге қаратылған әмелий жумысларда өз сәўлелениўин таўып атыр. Президентимиз тәрепинен қабыл етилген 213-санлы тарийхый Пәрманда да қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын бир қатар жеңилликлер жаратылған.
Билдирилген мүрәжатлар бойынша орнында шешимин табыў илажлары көрилип, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, өз басламасы менен келген исбилерменлер пикирлери тыңланып, жаңа жумыс орынларын жаратыў нийети бар ҳәр қандай бизнес жүргизиўши қоллап-қуўатланыўы атап өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети