Жынаятшылықтың алдын алыўға арналған мәжилис болып өтти
Жынаятшылықтың алдын алыўға арналған мәжилис болып өтти
996
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер Министрлигиниң мәжилислер залында жынаятшылықтың алдын алыўға арналған мәжилис өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы З.Реймова шығып сөйлеп, аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятларды секторлар кесиминде анализ етиў, “қызыл мәҳәлле”лерди криминоген жағдайдан шығарыў бойынша әмелге асырылған жумыслар, ең көп коррупциялық жынаятлар жүз берип атырған тараўлар ҳаққында ҳәм халық депутатлары қалалық (районлық) Кеңеслеринде Ишки ислер бөлимлери баслықлары ҳәмде пуқаралар жыйынларында Профилактика инспекторлары тәрепинен есабатлары тыңланғанлығын үйрениў нәтийжеси додаланды.
Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетине ағза депутатлар менен бирге тийисли тараў ўәкиллери, Халық депутатлары районлық Кеңеслериниң секретариат баслықлары ҳәм Нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша турақлы комиссиялары ағзалары қатнасты.
Болып өткен мәжилисте атап өтилген мәселелер бойынша усыныслар берилип, бул жумыслар турақлы рәўиште Жоқарғы Кеңес тәрепинен қатаң қадағалаўға алынып, қөрип шығылатуғынлығы атап өтилди.
Мәжилисте күн тәртибиндеги мәселелер толығы менен қарап шығылып тийисли шешимлер қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети