Қурылыс жумыслары сенатор қадағалаўында
979
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги "022–2023-жылларда мəҳəллелер инфраструктурасын еледе жақсылаў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында"ғы ПҚ-408-санлы қарары тийкарында мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў бойынша жойбарлар бағдарламалары тастыйықланған еди.
Шоманай районы аймағында 408-санлы қарардың орынланыўын қадағалаў ҳәм қарар тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар барысы менен танысыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы аймақларын раўажландырыў мәселелери комитети баслығының орынбасары, Сенатор Б.Матмуратов районда болды.
Сенатор орынлардағы объектлер менен жақыннан танысып, қурылыс жумысларын сапалы түрде алып барыў ҳәм белгиленген мүддетте жуўмақлаў бойынша тапсырмалар берди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети