Кегейли районы Ақтуба аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан "Aqtuba textil group" кәрханасы бой тикледи.
Кегейли районы Ақтуба аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан "Aqtuba textil group" кәрханасы бой тикледи.
2295
Тигиўшилик кәрханасының ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Әндижан ўәлаятының ҳәкими Шуҳратбек Абдураҳмонов ҳәм мийманлар менен бирге кәрханада ислеўши ҳаял-қызлар, нураныйлар қатнасты.
Жойбардың улыўма баҳасы 30 млрд сум болып, 500 ҳаял-қызды турақлы жумыс пенен тәмийинлеў режелестирилген. Ҳәзирги күнде 393 ҳаял-қызлар жумыс пенен тәмийинленди. Жойбардын жыллык куўатлылығы 2,4 млн. дана трикотаж өнимлерин ислеп шығарыўға тең.
Кәрхана тәрепинен Россия мәмлекети менен 1 жыллық шәртнама дүзилип, бүгинги күнде ерлер, ҳаяллар ҳәм балалар кийимлери сапалы етип тигилмекте.
Тигиўшилик кәрханасының ашылыўы Кегейли районы турғынлары ушын ҳақыйқый жаңа жыл саўғасы болды. Ондағы турақлы жумыс пенен тәмийинленген ҳаял-қызлар бүгинги күнинен кеўилли түрде өзлериниң миннетдаршылығын билдирди.
Ашылыў мәресими мәденият тараўы хызметкерлериниң шығыўларына жалғанып, байрам кешеси болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети