Тақыятас «Балалар үйи»нде Жаңа жыл байрамы болып өтти
Тақыятас «Балалар үйи»нде Жаңа жыл байрамы болып өтти
1774
Усы жылдың 28-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас «Балалар үйи»нде тәрбияланып атырған балаларға Президент саўғаларын тапсырыў ҳәм жаңа жыл байрамы менен қутлықлаў ушын барды.
Шырайлы етип безелген Шырша әтирапында шөлкемлестирилген байрам кешесинде кишкентайлар тәрепинен таярланған ойынлар қойып берилди.
Балалар ҳәмийше Президентимиздиң итибары және ғамқорлығында, әлбетте. Байрам босағасында балаларға Президентимиздиң саўғалары тапсырылды.
Соның менен бирге Жоқарғы Кеңес Баслығы Тақыятас «Балалар үйи»ндеги шараятлар менен танысып, онда тәрбияланып атырған балалардың бүгинги жағдайлары менен танысты.
Ҳәр бир баланың ертеңги келешеги ушын ҳәзирден таярлық көриў керек екенлигин айтып, бул мәселе жеке өзимниң қадағалаўымда болады,- деди Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети