Бүгин, 29-декабрь күни Бердақ атындағы мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Президент саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығы балаларды ҳәм олардың қәўендерлерин жаңа жыл байрамы менен қутлықлады.
Илажға 1-2-санлы шаңарақлық балалар үйи тәрбияланыўшылары ҳәмде ата-анасының қарамағынан айырылған балалар мирәт етилди.
Шырайлы етип безелген шырша әтирапында Аязата менен Қарқызы, түрли ертек қаҳарманларының қатнасындағы театрластырылған тамашалар даўамында балаларға Президент саўғалары тапсырылды.
«Президент аршасы» дәстүрий байрам тамашасы республикамыздың барлық районларында болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети