Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев шаңарақлық балалар үйи тәрбияланыўшыларына Президент саўғаларын тапсырды
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев шаңарақлық балалар үйи тәрбияланыўшыларына Президент саўғаларын тапсырды
1328
Кеңпейиллик, балажанлық, меҳир-мүриўбетлилик халқымызға тән болған жоқары пазыйлетлерден саналады. Әсиресе, балаларға ғамқорлық көрсетип, оларды мийрим-шәпәәттиң жоқары үлгиси менен камалға келтириўге мәмлекетлик дәрежеде итибар қаратылып атырғанын айрықша атап өтиўимиз керек.
Ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласындағы 1-санлы шаңарақлық балалар үйинде 5 бала, 2-санлы шаңарақлық балалар үйинде 6 бала тәрбияланып атырған болып, бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев усы шаңарақларды байрам қарсаңында барып көрди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Жоқарғы Кеңес Баслығы балаларды Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен қутлықлап, оларға Президентимиздиң саўғаларын тапсырды.
Балалар ҳәмийше Президентимиздиң итибары ҳәм ғамқорлығында екенлиги атап өтилип, олардың ҳәр тәреплеме жетик инсан болып камалға келиўинде бар мүмкиншилик иске салыныўы билдирилди.
Жаңа жыл байрамы қарсаңында балалар тәрепинен байрам кейпиятындағы аяқ ойын ҳәм музыкалы атқарыўлар мийманлар нәзерине усынылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети