Бес баслама олимпиадасының екинши мәўсими жеңимпазлары сыйлықланды
Бес баслама олимпиадасының екинши мәўсими жеңимпазлары сыйлықланды
2068
Бүгин 29-декабрь күни Нөкис қаласы 1-санлы спорт мектебинде Бес баслама олимпиадасының екинши мәўсими, Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, «Бес баслама Паралимпиадасы» шеңберинде «Пара шахмат», «Пара шашка», спорттыӊ «Пара жеңил атлетика», «Пара стол теннис», «Пара Киберспорт» ҳәм басқа да бир қатар спорт түрлери бойынша жеңимпазларды сыйлықлады.
Буннан соң, спорттың бир неше түри бойынша өз жөнелисинде жеңимпаз болған спортшылар сыйлықланды.
Айтып өтиў орынлы, спорт ойынлары жеңимпазларына медаллар ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Олимпиада шын мәнисинде шетки аймақлардан ең күшли спортшы жаслар, ең талантлы, ең билимли жасларды жүзеге шығарыўда әҳмийетли басламаға айланды. «Бес баслама олимпиадасы»ның екинши мәўсиминде Қарақалпақстан Республикасы бойынша барлық мәҳәллелерден жәми 300 мыңнан аслам жаслардың қатнасыўын сөзимиздиң дәлийли сыпатында келтириўимиз мүмкин. Сондай-ақ, Олимпиаданыӊ Өзбекстан Республикасы басқышында Қарақалпақстанлы жаслар спорт жарысларында 11 алтын, 8 гүмис ҳәм 15 қола медалды қолға киргизди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети