Әзелден халқымыз жасы үлкенлерди ҳүрметлеп, оларға бәрҳәма ғамқорлық көрсетип келген. «Жасы үлкенге ҳүрмет, жасы кишиге иззет» деген даналық сөздиң ен жайыўы халқымыздың күнделикли өмириндеги меҳир-мүриўбетлиликтиң көриниси сыпатында турмыста өз сәўлелениўин тапқан.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районындағы майыплығы болған ер адамлар ушын арналған Мүриўбет үйинде болды.
Өз нәўбетинде, Жоқарғы Кеңес Баслығы Мүриўбет үйинде жасап атырған қарыялар, жасы үлкен нураныйлардың ҳалынан хабар алып, байрам алды қутлықлады ҳәм саўғалар тапсырды.
«Кеўил кеўилден суў ишер» дегендей, Жаңа жыл байрамы қарсаңында Мүриўбет үйиндеги инсанлар менен меҳир ҳәм жыллылық бөлисилди, олар бәрҳама мәмлекет итибарында ҳәм ғамқорлығында екенлиги атап өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети