Байрам қарсаңында Шымбай районында жаңа балалар бақшасы имараты пайдаланыўға тапсырылды
1265
Бүгин Шымбай районы «Қостерек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 35-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң 120 орынға мөлшерлеп қурылған жаңа имаратының ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылғанлығы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Өткерилген илажда бүгинги қунде елимизде билимлендириў тараўын раўажландырыўға, әсиресе, мектепке шекемги билим бериў тараўына қаратылып атырған итибар, жаратылған имканиятлар ҳәм шараятларға тоқтап өтилди.
Буннан соң, бақша тәрбияланыўшылары болған балаларға Жаңа жыл байрамы саўғалары тапсырылды.
Айтып өтиў орынлы, жаңа бақша имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы балаларға Жаңа жыл байрамы алдынан өз алдына саўға болды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети