Қараөзек районында жәрдемге мүтәж болған 76 шаңараққа байрам алды саўғалары тапсырылды
Қараөзек районында жәрдемге мүтәж болған 76 шаңараққа байрам алды саўғалары тапсырылды
1595
Байрам қарсаңында социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж, кем тәмийинленген ҳәм бағыўшысын жоғалтқан хожалықлар ҳалынан хабар алыў, оларды байрам мүнәсибети менен қутлықлаў бойынша ийгиликли жумыслар барлық орынларда кең түрде даўам еттирилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бүгин Қараөзек районында жасаўшы жәрдемге мүтәж болған шаңарақлардан хабар алды.
Жәми 76 шаңараққа биринши гезектеги керекли азық-аўқат өнимлери, қысқы кийим-кеншеклер, ал балалар ушын болса байрам саўғалары тапсырылды.
Соның менен бирге, ушырасыў даўамында майыплығы болған ҳәм жумысқа жарамсыз еки пуқараға жәрдем сыпатында саўын сыйырлар саўға етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети