Жоқарғы Кеңес Баслығы социаллық үй турғынларын байрам мүнәсибети менен қутлықлады
Жоқарғы Кеңес Баслығы социаллық үй турғынларын байрам мүнәсибети менен қутлықлады
1086
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бүгин Нөкис қаласы «Қосбулақ» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан кем тәмийинленген ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж пуқаралар ушын қурылған социаллық көп квартиралы турақ жайда болып, турғынлар менен ушырасты.
Оларды кирип киятырған Жаңа жыл байрамы менен қутлықлап, балаларға байрам кейпиятын бөлисиў мақсетинде саўғалар тапсырылды.
Соның менен бирге, Жоқарғы Кеңес Баслығы бул турақ жайда жасаўшылар ушын жақында жаңа, барлық қолайлықларға ийе социаллық турақ жай қурылысы басланыў алдында турғанлығын ҳәм жаңа имарат питкеннен соң, барлық 44 шаңарақты жаңа имаратқа көширип өткериў илажлары көрилетуғынлығын атап өтти.
Республика басшысының жеке өзи аралап, байрам мүнәсибети менен қутлықлаўы көпшиликтиң кеўлине жыллылық, байрамға тән кейпият бөлисип, айрықша миннетдаршылық сезимлерин оятпақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети