Нөкис қаласындағы аўыр турмыс шараятында жасап атырған, майыплығы болған, бағыўшысын жоғалтқан ҳәм басқада социаллық қорғаўға мүтəж пуқараларды ўақтынша жасаў ҳуқықы арқалы турақ жайлар менен тəмийинлеў мақсетинде Нөкис қаласы А.Утепов көшеси 32/1- көп қабатлы турақ жайдыӊ бүгинги күнде 2 қабаты пуқаралар жасаўы ушын сәйкеслестирилип, қурылыс жумыслары алып барылды.
Бүгин жаңа жыл байрамы қарсаңында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев 31 хожалық жасаўы ушын таяр турақ жай имаратының гилтлерин тапсырды.
Байрам алдынан жаңа турақ жайдың тапсырылыўы аўыр турмыс машақатларын жеңип өтип, өмирдиң сынаўлы ғалма-ғалы менен жасап атырған қала турғынлары ушын үлкен қуўаныш болды.
Сондай-ақ, усы көп қабатлы турақ жайдыӊ 1-қабатын да социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж, аўыр шараятта жасап атырған турғынлар жасаўы ушын сәйкеслестириў бойынша жумыслар жуўмақланыў алдында тур.
Инсан қәдири уллыланған елде ҳәр бир инсан итибардан шетте қалмаўы керек ҳәм усы тийкардағы жумыслар республикамыз бойынша еледе кең түрде даўам етери анық.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети