Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ қырқыншы сессиясы ҳаққында мәлимлеме
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ қырқыншы сессиясы ҳаққында мәлимлеме
1663
2022-жылдың 30-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ қырқыншы сессиясы болып өтти.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасып атыр.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып бармақта.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жақында Ҳүрметли Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатына кең түрде тоқталды.
Ҳүрметли Президентимиздиң мүрәжатында жуўмақланып атырған жылда әмелге асырылған жумыслар талқыланып, келеси жылы елимизди раўажландырыўға хызмет ететуғын әҳмийетли алты бағдар бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди.
Әлбетте, бул белгиленген ўазыйпалар:
- ықшам ҳәм нәтийжели мәмлекетлик басқарыў системасына өтиўде;
-жаңа Өзбекстанды «социаллық мәмлекет» принципи тийкарында қурыўда;
- инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаўда;
-экология, әсиресе, суў мәселелери бойынша жүзеге келип атырған машқалаларды унамлы шешиўде;
- еркин базар механизмлерин енгизиўде ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаўда;
- жергиликли ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыўда әҳмийетли орын ийелейди.
Сондай-ақ, келеси жылға «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп атама берилиўи – бул “Инсан қәдирин улығлаў” деген принцип әмелге асырылып атырған быйылғы жылдың даўамы сыпатында қаралыўына тийкар болады.
Соның менен бирге, Ҳүрметли Президентимиздиң «Қарақалпақстанның табысы – пүткил Өзбекстанның табысы, Қарақалпақстанның тәшўиши – пүткил Өзбекстанның тәшўиши» -деп айтқан сөзлери халқымызға болған шексиз ҳүрмет ҳәм исенимниң және бир көриниси екенлиги айрықша атап өтилди.
Сессияның күн тәртибиндеги биринши мәселе “Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысларының ашық-айдынлығы ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Шарапат Өтемисов баянат жасады.
Нызам жойбары бойынша Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы баслығы Азамат Бекмуратов шығып сөйлеп, өз пикирин билдирди.
Өткерилип атырған сессияның күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасының 2023-жылғы Бюджети туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Финанс министри Махмуд Содиқов баянат жасады.
Буннан соң, Мәмлекетлик Салық басқармасы баслығы Халмурза Бекчанов сөзге шығып, Қарақалпақстан Республикасында бюджет дәраматларына белгиленген прогноз көрсеткишлериниң орынланыўы ҳәм қосымша дереклерди анықлаў, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў, салық администрациясы ҳәм тараўда интерактив хызметлерди еледе жетилистириў бойынша Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық уйымлары тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша кең түрде тоқталды.
Күн тәртибинде халыққа көрсетилип атырған тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызметлериниң сапасын жақсылаў бағдарында әмелге асырылған илажлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң есабаты тыңланды.
Өткерилип атырған сессияда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 29-ноябрьдеги ПП-27-санлы Пәрманы менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасы жәмийетлик қәўипсизлик концепция”сының орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы баслығының орынбасары Равшан Раджаповтың есабаты туўралы мәселе қарап шығылды.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-408-санлы қарары талапларының Қарақалпақстан Республикасында орынланыў барысы туўралы болып, бул мәселе бойынша Автомобил жоллары бас басқармасы баслығы Мадад Алламбергенов баянат жасады.
Сессияның күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айырым комитетлери қурамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында болды.
Бул мәселелер бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл еткеннен соӊ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Депутатлар бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қырқыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети