Байрам қарсаңында орынлардағы аўыр турмыс шараятында жасап атырған, майыплығы болған, бағыўшысынан айырылған ҳәм басқа да социаллық қорғаўға мүтəж пуқаралардың ҳалынан хабар алынып, жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен қутлықлап, байрам саўғаларын тапсырыў даўам етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бир неше күнлерден берли республикамыздың көпшилик орынларында болып, турмыс сынақларында қыйналған ўатанласларымызды байрам менен қутлықлап, оларға жаңа жыл саўғаларын үлесип атыр. Бүгин Нөкис районы «Ақмаңғыт» посёлка пуқаралар жыйынында жайласқан Нөкис районы социаллық, медициналық хызметлерди раўажландырыў бөлимине қараслы кекселер үйине барды.
Бул жерде Жоқарғы Кеңес Баслығы жалғыз баслы, бағыўшысынан айырылған, өзгениң жәрдемине мүтәж инсанлар ҳалынан хабар алып, оларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Соның менен бирге, елимизде ҳәр бир пуқара итибарда екенлиги, ҳәр бир жәрдемге мүтәж пуқара мәмлекет ғамқорлығында болып, олар бәрҳәма қәдирлениўин атап өтти.
Айтып өтиў орынлы, усы кекселер үйинде 16 жалғыз баслы, бағыўшысын жоғалтқан ҳәм жәрдемге мүтәж инсанлар жасап атырған болып, оларға байрам алдынан биринши гезектеги зәрүрли азық-аўқат өнимлери, кийим-кеншеклер, телевизор, ыссы көрпе, хожалық буйымлары тапсырылды.
Ҳәр бир инсан меҳир ҳәм итибарға ылайық, - деген жақсы идея тийкарында мүтәж инсанлардың ҳалынан хабар алыў даўам етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети