Жоқарғы Кеңес Баслығы республикалық көп тармақлы балалар медицина орайында болып, балаларды жаңа жыл менен қутлықлады
Жоқарғы Кеңес Баслығы республикалық көп тармақлы балалар медицина орайында болып, балаларды жаңа жыл менен қутлықлады
1350
Балар бизиң келешегимиз, ертеңги күнимиз даўамшысы. Дүньяға тек жақсылық көзи менен қараўшы бул пәк кеўил ийелери ҳәмийше итибарға, меҳир көрсетиўге ылайық. Ертеклерге тән болған жаңа жыл байрамын бул пәк кеўил ийелери айрықша ықлас пенен күтеди.
Жаңа жыл қарсаңында келешегимиз ийелери болған балаларға байрамға тән кейпият бөлисиў, оларға жаңа жыл саўғаларын үлесиў мақсетинде бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Республикалық көп тармақлы балалар емлеўханасында болды.
Балаларды ҳәм олардың жақынларын жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен қутлықлап, наўқаслығы тез арада артта қалыўын тилеп, байрам саўғаларын тапсырды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети