Балаларға байрам кейпиятын бөлисиў, оларға аз да болса қуўаныш инәм етиў ҳәр бир инсанды еки есе қуўаныш ҳәм бахытқа бөлейди десек алжаспаған боламыз. Себеби, бала күлкисинде дүнья қуўанышы, меҳир-мухаббат, жыллылық жәмленген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бүгин Нөкис қаласындағы Республикалық руўхый ҳәм неврология кеселликлери диспансеринде емленип атырған балалардың ҳалынан хабар алып, оларды ҳәм жақынларын кирип киятырған Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен қутлықлады.
Медицина бирлеспесинде емленип атырған наўқасларға саламатлық ҳәм тез арада аўырыўынан айығып кетиўин тилеп, байрам саўғаларын тапсырды.
Шырайлы етип безетилген Жаңа жыл шыршасы әтирапында балалар менен бирге Жаңа жыл қосықлары айтылып, кеўиллерге жақсылық инәм етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети