«Имкон» шын мәнисинде наўқаслығы бар балалар ушын имканиятлар мәсканине айланған
«Имкон» шын мәнисинде наўқаслығы бар балалар ушын имканиятлар мәсканине айланған
1901
Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстанда шөлкемлестирилген қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәр қыйлы физикалық наўқаслығы болған балаларды социаллық-мәдений орталыққа тартыў, оларды мектепке шекемги билимлендириў ҳәм саламатластырыў реабилитациясы менен тәмийинлеўге қәнигелестирилген «Имкон» орайы бүгин көпшилик наўқас балаларға шыпа мәсканы болмақта.
Байрам қарсаңында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев «Имкон» реабилитация орайына ийе болған мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде болып, усы жерде тәрбияланып атырған балаларды жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен қутлықлады.
Ҳәр бир наўқаслығы бар бала усы мәсканнан шыпа таўып, әпиўайы турмысқа көнлигип кетиўин тиледи. Сондай-ақ, балаларға байрам кейпиятын бөлисиў мақсетинде жаңа жыл саўғалары тапсырылды.
«Имкон» орайында шөлкемлестирилген жаңа жыл байрамында балалар менен бирге жаңа жыл шыршасы әтирапында қосықлар, жақсы тилеклер айтылып, ҳәр қыйлы ойын-заўықлар менен даўам етти.
Ҳақыйқатында да, көрип гуўасы болғанымыздай «Имкон» шын мәнисинде наўқаслығы бар балалар ушын имканиятлар мәсканы, ғамқорлықтың айқын көриниси болмақта ҳәм бул орында да жаңа жыл байрам жоқары кейпиятта белгиленбекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети