Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығыныӊ Халқымызға Жаңа жыл қутлықлаўы
1972
Қәдирли ўатанласлар!
Әзиз дослар!
Сизлерди инсанлар қәлбине өзгеше қуўаныш, илҳам-йош, үмит ҳәм исеним бағышлап, бәршени және де үлкен дөретиўшилик ислерге руўхландырып атырған қутлы әййям – Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлайман.
Жуўмақланып атырған 2022-жылға нәзер таслар екенбиз, «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда инсан қәдир-қымбатын улығлаў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгенин, мәҳәллелерде бурын болмаған кең көлемли қурылыс-абаданластырыў жумыслары алып барылғаныныӊ, социаллық-экономикалық турмысымыздың барлық тараўларында турақлы раўажланыўлардың гүўасы боламыз.
Әсиресе, Ҳүрметли Президентимиз тəрепинен Қарақалпақстанға қаратылған жоқары итибар, қабыл етилген оғада əҳмийетли пəрман ҳəм қарарлар халқымыздың социаллық жасаў шараятларын жақсылаўға, инсанларды турмыстан разы етиўге, экономикамызды жəне де беккемлеўге, көплеген жеңилликлер менен имканиятларға беккем тийкар болмақта.
Барлық тараўларда реформалардыӊ тереӊлесип барыўы, исбилерменликти раўажландырыў бойынша жумыслардыӊ және де жеделлесиўи, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ислериниң жаңа басқышларға көтерилгени, «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде жәрдемге мүтәж инсанлардыӊ қоллап-қуўатланыўы – булардыӊ барлығы халқымызға деген айрықша ғамхорлықтың көриниси саналады.
Изде қалып баратырған жылда халқымыздың ийгилиги жолында хызмет ететуғын бир неше кәрханалардың, социаллық-мәдений объектлердиӊ иске түскени, инфраструктураныӊ жаӊаланыўы елимизге шын мәнисиндеги жаӊаланыў нәпесин алып келип, халқымыздың кеўил-кейпиятына унамлы тəсирин тийгизбекте. Атап айтқанда, Мойнақ районында жылына 50 мың кубометр ДСП ҳәм ЛДСП өнимлерин ислеп шығарыўшы «MUYNAK LDSP» кәрханасының иске түскени, Беруний районында жылына 50 мың тонна ун ислеп шығарыў қуўатына ийе «Беруний бийдай кластер» ун заводының жумыс баслағаны, Нөкис қаласында 2 мың тонна артемия цистасын қайта ислейтуғын «Sebu Artemia» кәрханасы ҳәм жылына 300 мың квадрат метр айна ҳәм есик рамаларын ислеп шығаратуғын «AKFA ASSEMBLY» кәрханасының ашылғаны, Кегейли районында жылына 2,4 миллион дана трикотаж өнимлерин ислеп шығаратуғын «AQTUDA TEX GROUP» текстиль кәрханасының пайдаланыўға тапсырылғаны, Қоңырат районында жылына 135 мың тонна натрий сульфат ҳәм натрий сульфит өнимлерин ислеп шығаратуғын «KKRASI Chemical» кәрханасының иске түскени турмысымызда жүз берген қуўанышлы ўақыялар қатарына киреди.
Жəне бир əҳмийетли тəрепи сонда, инфраструктура ҳәм социаллық объектлерде, сондай-ақ, көп қабатлы турақ-жайларда ҳәмде мәҳәллелерде кең көлемли қурылыс-абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Соның ишинде Кегейли, Қанлыкөл ҳәм Қараөзек районларындағы «Жаңа Өзбекстан» массивлеринде баҳасы 169,7 миллиард сўмлық 678 квартиралы 23 көп қабатлы турақ-жайлар ҳәмде баҳасы 26,9 миллиард сўмлық 3 мектеп, 3 балалар бақшасы ҳәмде 1 денсаўлықты сақлаў объектлери жаңадан қурылмақта.
Сондай-ақ, мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында жаслар ушын 50 объект пайдаланыўға тапсырылған болса, қала ҳәм районларымызда 1241 квартиралы 30 турақ-жайдың, соның ишинде Нөкис қаласында 16 этажлы 5 турақ-жайдың курылыс жумыслары алып барылмақта.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл
25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында
2022-2023-жыллары 252 мәҳәллениң инфраструктурасын жақсылаў жумыслары баслап жиберилди.
Соны да айрықша атап өтиўимиз тийис, Ҳүрметли Президентимиздиң
2022-жыл 31-августтағы Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый пәрманы халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге, қала ҳәм районларымызда исбилерменликти және де раўажландырыўға, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға беккем тийкар болмақта. 2022-2023-оқыў жылында қарақалпақстанлы 500 жас жоқары оқыў орынларына қосымша квота тийкарында оқыўға қабыл етилгени, пенсия ҳәм напақа алыўшылар, майыплығы болған пуқаралар ушын темир жол ҳәм авиабилетлер сатып алыў ушын 50 процентлик жеңилликлер енгизилгени, исбилерменлик субъектлери ушын салық жеңилликлериниң берилгени сыяқлы көплеген илажлар инсан қәдирин улығлаўдың әмелий көриниси болып табылады.
Әлбетте, бундай кеӊ көлемли жумыслар кеўиллерде мақтаныш сезимлерин оятыў менен бирге, инсанларды елимизде әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерге үлес қосыўға руўхландырады.
Қәдирли ўатанласлар!
Ҳүрметли Президентимиз Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине ҳәм халқымызға жоллаған мүрәжатында келеси жылы елимизди раўажландырыўға хызмет ететуғын әҳмийетли бағдарлар бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп берди ҳәмде бул ўазыйпалар «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда бәршени уллы ислерге баслайтуғынына беккем исенемиз.
Солай екен, жаңа жылда да халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў, олардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, әсиресе кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаӊарақларға жәрдем көрсетиў, жасларды ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти жедел раўажландырыў сыяқлы бир қатар мәселелер тийкарғы ўазыйпаларымыздан болып қала береди.
Сизлерди жəне бир мəрте Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, бəршеңизге беккем денсаўлық, мол табыслар тилеймен!
Жаңа жыл ҳəр бир шаңараққа аманлық, берекет ҳəм қуўаныш алып келгей!
Елимиз тыныш, халқымыз ҳəмийше аман болсын!
Жаңа жылыңыз бəршеңизге қутлы мүбəрек болсын, əзиз заманласлар!
А.ОРЫНБАЕВ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы