Қарақалпақстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша аймақлық кеңесиниң 2022-жыл жуўмағы бойынша жыйналысы болып өтти
Қарақалпақстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша аймақлық кеңесиниң 2022-жыл жуўмағы бойынша жыйналысы болып өтти
1095
Коррупцияға қарсы гүресиў бүгинги күндеги дүнья жәмийетшилигиниң алдында турған ең актуал мәселелерден бири болып табылады. Коррупцияға қарсы гүресиў Өзбекстанда ҳәм мәмлекетлик сиясатының ең баслы бағдарына айланды. Буны соңғы жылларда тараўға тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң қабыл етилгенлиги, коррупцияның алдын алыўға қаратылған басқарыў реформалары мысалында көриўимиз мүмкин.
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған әмелий илажлар Жоқарғы Кеӊес сессияларында, аймақлық кеӊес мәжилислеринде турақлы додаланып келинбекте.
Жақында Қарақалпақстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңесиниң 2022-жылдың жуўмағы бойынша мәжилиси өткерилди.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Р.Сапарбаев ашты ҳәм басқарып барды.
Өткерилген мәжилис даўамында аймақлық кеңес ағзалары тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиўде әмелге асырылған жумыслары бойынша Жоқарғы Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети баслығы З.Реймованың баянаты тыӊланды.
Атап өтилгениндей, өткен дәўирде республикадағы түрли дәрежедеги 168 лаўазымлы шахслар, 234 пуқара коррупция менен байланыслы жынаят ислеп, жуўапкершиликке тартылған.
Мәжилисте аймақлық кеӊес ағзалары тәрепинен үйрениў жумысларыныӊ нәтийжесинде айырым жоқары оқыў орынлары тәрепинен хызметкер тәрепинен орынланбаған жумысы ушын ис-ҳақысы төлеп берилген жағдайлары анықланғаны, усы анықланған кемшиликлер бойынша топланған ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа бериў ушын тийисли ҳуқық қорғаў уйымларына жиберилгенлиги атап өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети