Жоқарғы Кеңес Баслығының тапсырмасына муўапық Тақыятас районында үйрениў жумыслары алып барылмақта
1311
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас районының социал-экономикалық жағдайы, районда бүгинги күнде халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болып, кемшиликлерди сынға алған еди. Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы Тақыятас районында мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм берилген тапсырмаларды қадағалап барыў ушын Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Ш.Өтемисовты Тақыятас районына жуўапкер етип бекиткен еди.
Берилген тапсырмаларды орынлаў ҳәм атап өтилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша бекитилген жуўапкер басшылығында районда мәжлис өткерилди.
Болып өткен мәжлисте район сектор баслықлары, ҳәким орынбасарлары ҳәм тийисли тараў ўәкиллери қатнасты.
Орын алған кемшиликлер ҳәм олардың сапластырылыўы бойынша берилген ҳәр бир тапсырмалардың орынланыўы бойынша жуўапкерлердиң жумыслары көрип шығылды.
Соның менен бирге, алдағы әмелге асырылыўы тийис болған жумыслар режелестирилип, тараў ўәкиллериниң жумыслары талқыланды.
Мәжлис жуўмағы менен Ш.Өтемисов аймақлар бойлап айтылған кемшиликлердиң сапластырылыўы бойынша үйрениў жумысларын алып барды.
Үйрениў даўамында хызмет көрсетиў объектлери, қурылып атырған пиядалар жоллары, түнги жарытқышлар ҳәм социаллық обектлердиң қурылыс-оңлаў жумыслары менен жақыннан танысты.
Сондай-ақ, бекитилген жуўапкер районлық Медицина бирлеспесинде болып, ондағы даўам етип атырған қурылыс-оңлаў жумысларын барып көрди ҳәм белгиленген жумысларды өз ўақтында сапалы тапсырыў керек екенлигин атап өтип, қурылыс жумыслары мүддетинде жуўмақланбаса тийисли тәртипте жуўапкершилик бар екенлигин ескертти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети