Сенатор Президент қарары тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты
Сенатор Президент қарары тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты
1159
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы Б.Матмуратов басшылығында Төрткүл районы мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еледе жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-408-санлы қарары тийкарында мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде алып барылып атырған жумыслар бойынша жыйналыс өткерилди.
Онда сенатор қарар тийкарында ажыратылған қаржылардың нәтийжели жумсалыўы, қурылыс жумысларының өз ўақтында орынланыўы бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
Буннан соң, сенатор Б.Матмуратов тийисли тараў ўәкиллери ҳәм депутатлар менен биргеликте «Шадлық» МПЖ ҳәм «Тазабағжап» АПЖда қарар тийкарында алып барылып атырған жумысларды көзден өткерди.
Жуўапкерлерге қурылыс жумысларын өз ўақтында сапалы түрде орынлаў кереклигин атап өтип, анық ўазыйпаларды белгилеп алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети