Кирип киятырған аномал суўық ҳаўа-райы бойынша мағлыўмат
1745
Усы жылдың 9-январь күни Өзбекстан Республикасы аймағына Волгабойы аймақларынан Россия Европа бөлегиниң арқа аймақларында қәлиплескен суўық ҳаўа массасы кирип келиўи басланады. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы гидрометеорология хызмети орайы хабар берди.
9-11-январьда республика аймағының көпшилик бөлегинде жаўын-шашын (жаўын, қар) болады. Таў алды ҳәм таўлы аймақларда қар жаўады, базы орынларында күшли қар жаўыўы болады.
9-10-январьда айырым орынларда самал 15-20 м/с ға шекем күшейиўи мүмкин. 10-15-январьда республика бойынша аномал суўық ҳаўа-райы болыўы күтилмекте. Ҳаўа температурасы түнде 12-17 градусқа шекем суўық болыўы, күндизи 5-8 градусқа шекем, арқада түнде 17-22 градусқа шекем, Үстиртте ҳәм шөл аймақларында базы орынларында 25-27 градусқа шекем, күндизги ўақыт 7-10 градус, қублада ҳәм Ферғана алабында түнде 5-10 градусқа шекем суўық болыўы күтиледи, күндизги ўақытлары 2-5 градусқа шекем ҳаўа температурасы пәсейеди.
Жоллардың базы орынларында музғалақлар жүзеге келеди.
Сонлықтан, Республикамыздың барлық буўындағы билимлендириў мәкемелеринде қысқы дем алыс мүддети 17-январьға шекем создырылды.
Ҳаўа температурасының кескин түсип кетиўи себепли бақшаларда да гезектен тыс дем алыс жәрияланды. Яғный, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тәрбияланыўшыларында мәўсимлик грипп кеселлиги, аязлаўдың кескин көбейиўине жол қоймаў мақсетинде 10-18-январь күнлери гезектен тыс дем алыс жәрияланды.
Сондай-ақ, авиа ҳәмде темир жол билетлери тариф бөлегинен 50 пайыз шегирме мүддети де 2023-жылдың 18-январына шекем узайтылды.
9-январьға шекем сатып алынған авиа ҳәм темир жол билетлери бийпул тәризде тийисли мүддетке шекем алмастырылып бериледи.
Дем алыс узайтылыўы мүнәсибети менен авиа ҳәм темир жолларда қосымша орын (рейс) лар ажыратылады.

