Орынларда депутатлар тәрепинен мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы үйренилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында Қоңырат районы аймағында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде усы районда болды.
Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Ш.Өтемисов, Қоңырат районы ҳәкиминиң орынбасары А.Сейтмуратов, Халық депутатлары районлық Кеңесиниң секретариат баслығы Б.Ўалибаева, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлиминиң баслығы Е.Турдымуратов ҳәм район прокуратурасы хызметкерлеринен дүзилген топар менен бирге Мыңжарған МПЖ аймағындағы ишки жолларда әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары менен танысты.
Ҳәзирги ўақытта бул жерде ишки жоллар әтирапындағы пиядалар жоллары ушын шағыл тас төсеў жумыслары әмелге асырылмақта.
Қурылысшылар менен сәўбетлесиўлер өткерилип, жумысларды еле де жеделлестириў бойынша пикир-усыныслары тыңланды.
Әлбетте, бирге ислесиў бул жердеги жумыслардын тезирек әмелге асырылыўына ҳәм сапалы болыўына тийкар жаратады. Қурылыс жумысларын сапалы түрде алып барыў ҳәм белгиленген мүддетлерде жуўмақлаў бойынша тараў басшыларына тапсырмалар берилди.