Қояншылық шарўашылық тараўының перспективалы ҳәм дәраматлы жөнелиси
1551
Жети ғәзийнениң бири болған қояншылық – шарўашылықтың баслы тараўларының бири болып, олардың тез раўажланыўы ҳәм жоқары дәрежеде көбейиўшилиги себепли, олардан қысқа мүддетте көп муғдарда пархезли, әсиресе жас балалар аўқатланыўы ушын баҳалы гөш, өндирис ушын мамық ҳәм қымбат баҳалы жүн өнимлери алынады.
Усы бағдарда Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында семинар болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, қояншылық тараўын раўажландырыўдың әҳмийети, оннан алынатуғын өнимлердиң пайдасы ҳәм тараўды раўажландырыўды турмысқа енгизиў бойынша атап өтти.
Сондай-ақ, өткерилген семинарда тараўды раўажландырыўдың турмыслық зәрүрлиги, үй шараятында қоян жетистириўди жолға қойыў, көбейтиў, өним алыў ҳәм қоянларды бағыў ушын зәрүрли азықлық рационын дүзиў бойынша тийисли қәнигелер тәрепинен кең түрде түсиник берилди.
Соның менен бирге, өткерилген семинарда бүгинги күнде қоян жетистириў менен шуғылланып атырған хожалықлар тәрепинен тараўды жолға қойыў ҳәм бунда ушырасыўы мүмкин болған машқалаларды шешиў бойынша мағлыўматлар берилди.
Айтып өтиў орынлы, жаңа жумыс орынларын жаратыў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, пархезли гөш өнимлерин ислеп шығарыўда қоян жетистириўдиң әҳмийети айрықша. Семинарда мине усындай әҳмийетли мәселелер сөз етилди ҳәм үй шараятында бағыў ушын сырт еллерден алып келинген дәраматлы қоян түрлери ҳаққында жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети