Мүрәжат жасларды руўхландырды
1529
Президентимиз Мүрәжатында “Жәмийет реформалар басламашысы” болыўы керек дегени, мениң өзиме жаслар басламашы болыўы керек деп қабыл еттим. Сондай-ақ, Президентимиз “бизди узақ ҳәм машақатлы жол күтип тур” дегенинде бул машақатлы жолды басып өтип, оның жемиси жасларға екенлиги, бул жолды басып өтиўде жаслар дәўир қыйыншылықларын көрип, ертең бул зийнетлердиң қәдирин билиўи керек дегендей болды.
Мәмлекетимизде жасларға тийисли мәмлекетлик сиясаттағы жаңа бурылыс жаслар көрсеткишин белгилейтуғын Миллий индексти ислеп шығыў, бизлерге жолымызды анық белгилеў, тараўлар бойынша анық мақсетлер қойыўды белгилейди.
Сондай-ақ, мәмлекетимиз имканиятлары толық ашылмағаны, экономика менен жоқары турмыс дәрежесин жаратыў, урбанизация дәрежесин көтериў, жоқары оқыў орынларына қабыл квотасын көбейтиў, мәмлекетлик грант тийкарында қабыл етиўди 2 есеге көбейтиў мәселелери жаслардың ишиндеги гәплер болып, бүгин әмелге асырылыўына тийкар жаратылмақта.
Сондай-ақ, жаңа қәнийгеликлер бойынша математика, химия, геология тараўларында қәнийгелер таярлаў мәселеси раўажланыўдың жаңа басқышын белгилеп берди.
Бийбижан Аралбаева,
Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық
Кеңеси баслығының орынбасары