Үй шараятында дәрамат табыў жолларына арналған семинар болып өтти
2305
Бүгин Нөкис қаласында Өзбекстан экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси шөлкемлестириўинде компост ҳәм биогумус таярлаў усыллары бойынша семинар болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Өткерилген семинарда жумыссыз пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеў, әпиўайы қыйтақ жериниң өзинде дәрамат табыўының және бир жолы болған Калифорния жаўын қуртын жетистириў ҳәм көбейтиў, бул арқалы биогумус ҳәм компост таярланыўына шараят жаратыў бағдарында сөз етилди.
Биогумус Калифорния жаўын қурты жәрдеми менен ислеп шығарылатуғын органикалық төгин есапланады. Жердиң өнимдарлығын арттырыў, оннан жоқары дәрамат алыўда биогумустан пайдаланыўдың әҳмийети айрықша. Ең баслысы, үй шараятында биогумус таярлаў оғада аңсат ҳәм оның нәтийжелилиги де жоқары.
Болып өткен семинарда мине усы мәселелер сөз етилип, қатнасыўшыларға көргизбе материаллары жәрдеминде кең түрде түсиник берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети