Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Нөкис ўақыялары бойынша судланып атырған судланыўшыларға нызам шеңберинде жеңиллик бериўин сорады
1933
Бухара ўәлаяты суды имаратында 2022-жыл 1-2-июль күнлери Нөкис қаласында болып өткен ғалабалық тәртипсизликлер бойынша 22 судланыўшылардың қарсысындағы жынаят исин ашық суд мәжлисинде көрип шығыў даўам етпекте.
Бүгинги суд мәжлисинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың көрсетпелери тыңланды. Судланыўшылар қылмысларынан шын кеўилден пушайман екенликлерин билдирип, кеширим сорады ҳәм ҳүрметли Президентимизге жеткериўди өтиниш етти.
Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев судланыўшылар ким болыўына қарамастан Өзбекстан Республикасы пухаралары, Қарақалпақстан азаматлары екенликлерин, олардың өтинишлерин әлбетте жеткериўин билдирип, суд қурамынан судланыўшыларға нызам шеңберинде жеңиллик бериўин сорады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети