“Ҳаяллар дәптери” менен ислесиў системасы бойынша әҳмийетли семинар болып өтти
1433
Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың социаллық-экономикалық белсендилигин арттырыў, бәнтлигин тәмийинлеў, жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў бойынша кең көлемли жумыслар амелге асырылмақта. Бундай реформалар ең дәслеп «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында хызмет етип атырғаны менен аҳмийетли.
Мойнақ районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында районда “Ҳаяллар дәптери” менен ислесиў системасыныӊ 4-басқышын шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў бойынша семинар болып өтти.
Семинарға Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығы орынбасары Қ.Қиргизалиев, Федерацияныӊ Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеси баслығы, сенатор У.Жалменов, сондай-ақ, район ҳәкиминиң орынбасарлары, макеме, шөлкем басшылары ҳәм маҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери қатнасты.
“Ҳаяллар дәптери” системасыныӊ 3-басқышында әмелге асырылған жумыслар көрип шығылып, 2023-жыл даўамында әмелге асырылатуғын ўазыйпалар ҳаққында кеӊ түрде түсиниклер берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети