Нөкис қаласы ишиндеги айырым жөнелислер орнына жаңа жөнелислер шөлкемлестирилмекте
1443
Нөкис қаласында қала ишинде ҳәрекетлениўши жөнелисли таксилер көпшилигиниң ақырғы бәндиргиси Орайлық дийқан базар жанындағы автотранспортлар тоқтап турыў орны етип белгиленген болып, бул аймақта транспортлардың қатнаўында қолайсызлық ҳәм тығылыслар жүзеге келип, бир қатар унамсыз жағдайларға алып келмекте. Усындай машқалалардың алдын алыў, жолаўшыларға, автотранспортларға қолайлық жаратыў мақсетинде, қала ишиндеги жөнелислердиң ақырғы бәндиргисин бир бирине тутастырыў, бирлестириў жолы менен қайта шөлкемлестириў белгиленген.
Соның менен бирге, халыққа сапалы транспорт хызметин көрсетиў мақсетинде быйылғы жылы жаңадан 100 ден аслам автобуслар алып келиў режелестирилмекте.
Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2021-жыл 6-декабрь күнги 738-санлы қарарына тийкарланып, бир аймаққа ҳәрекетленетуғын, бир-бирин тәкирарлаўшы жɵнелислер болғанлығын есапқа алған ҳалда, Нɵкис қаласындағы 51-санлы “Орайлық дийқан базар-Наўқанбағ елаты”, 25-санлы “Орайлық дийқан базар-Наўқанбағ МПЖ”, 114-санлы “Орайлық дийқан базар-Туб.санатория” аралығындағы жɵнелислери ҳәм 13-санлы “Орайлық базар-Алланияз Каҳарман МПЖ”, 16-санлы “Темир Жол вокзал-Алланияз Каҳарман МПЖ” аралығындағы жɵнелислер бирлестирип, 25-санлы “Орайлық базар-Наўқанбағ МПЖ арқалы Наўбахар МПЖ” атамасындағы ҳәм 13-санлы “Темир Жол вокзал-Алланияз Қаҳарман МПЖ” атамасындағы жɵнелислери қайтадан шɵлкемлестирилмекте.
Бул жɵнелислердиӊ хызмет кɵрсетиўши аймақларын толық жәмийетлик транспорт пенен қамтып алынады ҳәм сол жөнелислер бойынша транспортлар ҳәрекет етеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети