Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Миллий гвардия хызметкерлерине жаңа турақ-жайлардың гилтлери тапсырылды
3551
Сонғы жыллары әскерий хызметкерлердиң ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаў, әскерий қалашаларды абаданластырыў, заманагөй инфраструктураны қәлиплестириў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылып келинбекте.
Бүгин Нөкис қаласындағы Қумбыз аўыл мәкан пуқаралар жыйынында Миллий гвардия хызметкерлери ушын арнап қурылған көп қабатлы жаңа турақ жайдың ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, имарат ийелерин жаңа қонысқа көшип келгенлиги мүнәсибети менен қутлықлады ҳәм Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының 30 хызметкерине жаңа үйлердиң гилтлерин тапсырды.
Елимиз тынышлығын қорғаў, жәмийетте тәртип-интизам ҳүким сүриўин, ең баслысы, пуқараларымыздың тыныш уйқысын тәмийинлеў жолында әскерий хызметкерлердиң тутқан орны айрықша. Тынышлық сақшыларын қоллап-қуўатлаў бағдарында жеңиллетилген ипотека кредитлери тийкарында қурып питкерилген үйлердиң басланғыш төлемлери мәмлекетимиз тәрепинен төлеп берилген болып, бул әскерий хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыслардың және бир әмелий көриниси есапланады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети