Жоқарғы Кеңес Баслығы жаңа кәрхана жумыслары менен жақыннан танысты
2098
Бүгинги күнде халқымызға сапалы ишимлик суўын жеткерип бериў, соның менен бирге аўыл хожалығы майданларына суў ресурсларын тежеўши үскенелер арқалы суў жеткерип берилиўин тәмийинлеўде суў қубырларының тутқан орны әҳмийетли есапланады.
Нөкис қаласында усы тийкардағы жумысларға зәрүрли өнимлерди жеткерип бериўге арналған “SOF POLYMER” ЖШЖ кәрханасы жумыс баслады.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жаңадан ашылған ислеп шығарыў орнын көриў мақсетинде кәрханада болды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы кәрхана жумысларын көзден өткерип, санаат өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў, бул арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў күнниң әҳмийетли мәселелеринен бири екенлигин атап өтти.
Айтып өтиў орынлы, жойбардың улыўма баҳасы 10 млрд сўм болып, ҳәзирги ўақытта 10 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Кәрханада суткасына 50 мм.ден 250 мм.ге шекем болған өлшемлерде 6 мың метр полиэтилен қубырлар ислеп шығарылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети