Жоқарғы Кеңес Баслығы алыс Тахтакөпирдеги шарўалардан хабар алды
1498
Шарўашылық әзелден халқымыздың күнделикли турмысында үлкен әҳмийетке ийе тараў болып, түйе, жылқы, қара мал менен бирге майда шақлы маллар төрт түликтиң бири сыпатында қаралған. Ҳәзирги ўақытта да аўыллық жерлердиң көпшилик халқы турмысында шарўашылық өз әҳмийетин жойтпаған.
Бүгинги күнде де республикамызда бул жөнелис жаңаша көринисте яғный, кластер, шарўашылық фермер хожалығы сыяқлы бағдарларда раўажланып атыр.
Усы бағдардағы жумыслар менен танысыў ҳәм шарўаларға ҳармасын айтыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тахтакөпир районындағы алыс Қоңыраткөл аймағында жайласқан қаракөлшиликке қәнигелескен “Жети нура” фермер хожалығы мийнеткешлери ҳалынан хабар алды.
Усенов Орынбасар басшылығындағы фермер хожалығы жумыслары көзден өткерилип, оларға зәрүрли азық-аўқат өнимлери тапсырылды.
Айтып өтиў орынлы, қаракөлшиликке қәнигелескен фермер хожалығында 500 бастан аслам қой бағылып атырған болып, оның сапалы сур ҳәм гөш өнимлерин жеткерип бериўдеги әҳмийети айрықша. Буннан тысқары, қара мал ҳәм ешки бағыўда қосымша жолға қойылған.
Жоқарғы Кеңес Баслығы фермер хожалығы жумыслары менен жақыннан танысып, өз нәўбетинде, елимизде шарўашылық, соның ишинде қаракөлшилик жөнелисин еледе раўажландырыў кереклигин атап өтти.
Соның менен бирге шарўаларды сапалы ҳәм арзан от-жем менен тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети