Ҳүрметли пуқаралар!
2071
Ҳәзирги ўақытта республикамыз аймағында ҳаўа райының ҳәдден тыс суўып кетиўине байланыслы газ тармақларына басым күшейиўи себепли авариялық жағдайлар жүзеге келмекте.
Соның менен бирге, мәмлекетимиз бойынша тутыныўшылар тәрепинен тәбийғый газге болған тутыныў көлеминиң артыўы нәтийжесинде жетиспеўшилик бақланбақта.
Усы сынаўлы күнлерде халқымызды турақлы газ бенен тәмийинлеў баслы ўазыйпа болып қалмақта.
Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен төмендегилер әмелге асырылады:
Жағдай нормал ҳалатқа қайтқанға шекем айрықша жағдайларға жуўап бериў бойынша оператив ШТАБ шөлкемлестирилди.
Барлық автомобиллерге газ толтырыў компрессор станциялары (метан заправкалары) ҳәм улыўмалық аўқатланыў орынларына газ жеткерип берилиўи тоқтатылады.
Барлық жоқары оқыў орынлары, орта арнаўлы билим бериў мекемелери, улыўма билим бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде дем алыс күнлери 16-январьға шекем узайтылады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен халқымыздың күнделикли жәмийетлик транспортларға талабын қанаатландырыў ҳәм турақлы транспорт хызметин шөлкемлестириў мақсетинде жәмийетлик транспортларға бензин ушын компенсация пуллары төлеп бериледи.
Ҳүрметли пуқаралар, артықша ҳаўлықпаға берилмеўиңизди сораймыз!
Ҳүкиметимиз тәрепинен барлық айрықша жағдайлар хызметлери күшейтирилген режимде жумыс алып барыўы жолға қойылған ҳәм жағдайдан тезирек шығып кетиў ушын бәрше зәрүрли илажлар көрилген.
Жағдай өзгергенде айрықша көрсетпелер берилип, қосымша түрде хабарландырылады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети