Жәмийетлик транспортлардың турақлылығын тәмийнлеў мақсетинде АИ-80 маркалы бензин ислеткенлиги ушын компенсация бериледи
1095
Автомобиллерге қысылған газ куйыў компрессор шақапшаларына (Метан) газ жеткерип бериў ўақтынша тоқтатылғанлығы себепли ҳәмде республикамыз аймағын транспорт хызмети менен турақлы тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы тәрепинен шешим қабыл етилди.
Оған бола, жәмийетлик транспортта хызмет көрсетиўши кәрханаларға газ орнына АИ-80 маркалы бензин ислеткенлиги ушын компенсация бериледи.
Бунда лицензияға ийе болған Дамас маркалы автомобиллер ушын күнине 40 000 сум муғдарында ҳәмде көп сыйымлы микроавтобуслар (Газель, ЈАС, Shineray ҳәм басқалар) ушын 128 000 сумға шекем компенсация муғдары белгиленди.
Компенсация төлеў тәртиби төмендегише:
тендер линия ийелери тәрепинен бензин чеклери ҳәмде сол чекте лицензияланған автомобилдиң мәмлекетлик белгиси көрсетилген мағлыўматнама Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигине тапсырылыўы шәрт.
Ҳүрметли жәмийетлик транспорт хызмети басқарыўшылары!
Бундай күтилмеген жағдайда халқымыздың аўырын жеңил етиў мақсетинде қабыл етилген шешим тийкарында автомобиллерге жанылғы қуйыў шақапшаларында бензин баҳасын, белгиленген жөнелислерде орнатылған баҳаларды тийкарсыз қымбатлатып жибермеў ҳәм жөнелис схемасы тийкарында ҳәрекетлениўди сораймыз.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети