Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен бир қатар әскерий тараў хызметкерлерине жаңа турақ-жайлардың гилтлери тапсырылды
1525
Әскерий хызметкерлерди ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаў, әскерий қалашаларды абаданластырыў, заманагөй инфраструктураны қәлиплестириў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылып атырған болып, күнделикли турмыста бул жумыслар өзиниң әмелий көринисин таўмақта.
Бүгин Нөкис қаласындағы Бағшылық мәкан пуқаралар жыйынында бир қатар әскерий тараў хызметкерлери ушын арнап қурылған көп қабатлы турақ жайлардың ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды кирип киятырған 14-январь – «Ўатан қорғаўшылары күни» ҳәм байрам қарсаңында жана турақ жайлардың тапсырылыўы мүнәсибети қызғын қутлықлады. Сондай-ақ, бир қатар әскерий тараў хызметкерлерине жаңа үй гилтлерин тапсырды.
Айтып өтиў орынлы, Бағшылық мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жәми 98 хожалық ушын арнап қурылған 3 көп қабатлы имарат жаңадан бой тиклеген болып, барлық қурылыс жумыслары толық жуўмақланған. Бугинги салтанатлы мәресимде усы 98 шаңараққа жаңа үйлер гилти тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети