Нөкис қаласының ишки хожалық жолларында қурылыс жумыслары басланды
1310
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 25-октябрьдеги ПҚ-408-санлы қарарына муўапық, 2023-жыл ушын режеге тийкар қала ҳәм районлардың ислениўи керек болған ишки хожалық жоллары белгилеп алынған.
Нөкис қаласындағы ең шетки аймақлардан бири есапланған «Бес төбе» МПЖ аймағында ишки жоллардың қурылыс-оңлаў жумыслары баслап жиберилди. Аймақта жәми 6,395 км ишки жоллар оңланыўы белгиленген болып, соннан 2 көшеге асфальт, 14 көшеге қум-щебен араласпасын (ЩПС) төсеў режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта дәслепки басқыш әмелге асырылып, ойлы-бәлент болған көшелерди бир тегис ҳалатқа келтириў илажлары көрилмекте.
Усы ийгиликли басламалардың даўамы ретинде пайтахтымыздағы «Жаңа базар» МПЖ аймағында да жумыслар даўам етпекте. Атап айтқанда, Ғайбулла бий көшесине цементобетон қапламасын төсеў ушын ой-шуқырлары тегисленип, таярланып атыр.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети