Өз кәсибиниң ҳақыйқый пидайылары халық ийгилиги жолында аянбай мийнет етпекте
Өз кәсибиниң ҳақыйқый пидайылары халық ийгилиги жолында аянбай мийнет етпекте
1022
Ҳәзирги ўақытта республикамыз аймағында суўық ҳаўа бақланып атырған болып, кешке қарай ҳаўа температурасы еледе суўытады. Усындай қыстың суўық күнлеринде халық ийгилиги жолында күни-түни, суўықты суўық демей мийнет етип атырған пидайы инсанлар бар.
Бүгин тәбияттың ынжықлықлары себеп суў тәмийнатында жүзеге келген авариялық жағдайды сапластырыў, ишимлик суўының бийкарға ысырап болыўының алдын алыў ушын тараў пидайылары муздай суўға түсип, машқаланы сапластырыў илажларын көрип атыр. Өз жумысының бундай пидайы хызметкерлерине тек ғана алғыс ҳәм рахмет айтамыз.
Бундай инсанлар арамызда талай табылады. Мәселен, жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы хызметкерлери жолларда ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийнлеўден тысқары кешки ўақытларда жолаўшылардың транспорт қураллары арқалы үйлерине аман-есен жетип алыўлары ушын Орайлық дийқан базар алдында жөнелисли таксилер менен автобусларды шөлкемлестирип, белгиленген жөнелислердеги ҳәрекетлерин жолға қойып атыр. Бул арқалы пуқараларымыз кешки суўықта базар алдында транспорт күтип турмай жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметкерлериниң жәрдеми менен үйлерине қайтпақта.
Усындай ҳаўа райында жыллы үйинен безип, халық ийгилиги жолында өз жумысын минсиз атқарып атырған тараў пидайыларын күн қаҳарманлары деп айтсақ арзыйды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети