Ўатан қорғаўшылары күни белгиленди
2848
Республикамызда 14-январ – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 31 жыллығы кең түрде белгиленди.
Усы жылдың 14-январ күни пайтахтымыздағы «Ҳәсиретли ана» естелигине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Арқа-Батыс әскерий округи, ҳуқық қорғаў уйымлары, мийнет жәмәәтлери, оқыў орынлары, урыс ҳәм мийнет ветеранлары атынан гүл шеңберлери қойылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.
Барлық халықлар ушын мәмлекеттиң қәўипсизлиги, елдиң тынышлығы, халықтың абаданлығы баслы байлық болып табылады. Солай екен, ата-бабамыздан бизге мийрас болып киятырған ана Ўатанымызды қәстерлеп сақлаў, елимиздиң тынышлығын тәмийинлеў ҳәр биримиз ушын муқаддес парыз болып табылады. Сонлықтанда бул сәне Ўатан сүйиўшилик, халқымызға садықлық, мәртлик ҳәм ерлик сыяқлы жоқары инсаныйлық қәдириятларды өзинде жәмлейтуғын байрам сыпатында кеўиллерден терең орын ийелейди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети