Ўатан қорғаўшылары ушын хызмет ететуғын объектлер пайдаланыўға тапсырылды
1925
Ҳүрметли Президентимиз Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери дүзилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен Ўатан қорғаўшыларына жоллаған қутлықлаўында 3 мыңнан зыят әскерий тараў хызметкерлер үй жай менен тәмийинленгени, 4 мыңнан аслам тараў хызметкерлериниң өмирлик жолдаслары кәсипке оқытылып, жумысқа жайластырылғаны, 1250 напақадағы әскерий тараў ўәкиллериниң бәнтлиги тәмийинленгенин атап өтип, тараў пидайылары ҳәм олардың жақынларын социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларға кең түрде тоқтап өткен еди.
Усы сыяқлы ийгиликли жумыслар Қарақалпақстан Республикасында да әмелге асырылып атырған болып, байрам қарсаңында бул бағдардағы жумыслардың әмелий нәтийжеси сыпатында бир қанша объектлер пайдаланыўға тапсырылмақта.
Бүгин Арқа-Батыс әскерий округының Нөкис горнизонында капитал оңлаў жумыслары жуўмақланған социаллық объектлердиң пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, өмирин машақатлы соның менен бирге, мақтанышлы ўазыйпаға бағышлаған ел қорғаўшыларын 14-январь Ўатан қорғаўшылары күни менен қутлықлады.
Капитал оңлаў жумыслары әмелге асырылғаннан соң 2 қабатлы әскерий бөлим штаб имараты, әскерий бөлим медицина пункти, Нөкис үй-жайдан пайдаланыў аймақлық бөлимине қараслы жатақхана жаңаша көринисте пайдаланыўға тапсырылды. Имаратлар заманагөй түс алып, барлық керекли әсбап-үскенелер, мебель-техникалар менен тәмийинленди. Сондай-ақ, жатақхана имаратында улыўмалық аўқатланыў орны да шөлкемлестирилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы әмелге асырылған жумысларды көзден өткерип, әскерий тараў хызметкерлери ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети