Аўызбиршилик, инсаныйлықтың үлгисин көрсетип атырған барлық пидайыларға миннетдаршылық билдиремиз
1606
Бүгингидей сынаўлы күнлерди халқымыз бир болып, машақатты аўызбиршилик пенен жеңип өтпекте. Бунда Жоқарғы Кеңес депутатлары да белсендилик көрсетип атырғаны айрықша әҳмийетли.
Мәселен, Мойнақ районынан Жоқарғы Кеңес депутатлығына сайланған Бибихан Утамбетова Мойнақ районындағы жасы үлкен, напақадағы пуқараларымыздан хабар алып, олардың қыстан зыянсыз өтиўи бойынша мүрәжатларын тыңлады.
Сондай-ақ, депутат Т.Рузметова Тақыятас районындағы жәрдемге мүтәж болған шаңарақлардан хабар алды. Олардың перзентлерине қысқы кийимлер саўға етилди ҳәм биринши гезектеги азық-аўқат өнимлери тапсырылды.
O'zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси хызметкерлери тәрепинен күнниң суўығына қарамай өз жумысларын пидайылық пенен атқарып атырған кәсип ийелерине ыссы чай тарқатылды.
Жоқарғы Кеңес депутаты Анжела Омирова Тақыятас районы аймағында жасаўшы, бағыушысын жоғалтқан хожалықлардыӊ ҳалынан хабар алды. Пуқаралар менен сәўбетлесиўлер даўамында олардыӊ машқалалары тыӊланып, жәрдем бериў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.
Бул ҳәрекетлер артында жоқары инсаныйлық, аўызбиршилик ҳәм ең баслысы "Инсан қәдири ушын" деген принцип өз сәўлелениўин тапқан.
Ўақтыншалық сынаўлы күнлерде жағдайды дурыс түсинип, бир-биреўге ийинлес болып атырған барлық депутатларға, исбилерменлер менен пидайы инсанларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси өз миннетдаршылығын билдиреди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети