Исбилерменлер ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығының жеке қабыллаўы болып өтти
2184
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде исбилерменлер ушын жеке қабыллаў өткерди.
Азанда 10:30 да басланған қабыллаў дерлик 9 сағат даўам етип 19:00 де жуўмақланды. Өткерилген қабыллаўда 81 исбилермен тәрепинен жәми 87 мәселеде мүрәжатлар келип түсти. Онда исбилерменлердиң мүрәжатлары тыңланып, орнында шешим табыў илажлары көрилди.
Қабыллаўда исбилерменлер тәрепинен тийкарынан өз исбилерменлигин раўажландырыў бағдарында ушырасып атырған машқалалар, қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыў мәселелери, бюрократиялық тосықлар, транспорт, логистика, ислеп шығарыў, өндиристи кеңейтиў бағдарында мүрәжатлар билдирилип, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен барлық машқалалар тыңланды.
Айтып өтиў орынлы, бүгинги елимизде исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, бизнести раўажландырыўды тәмийинлеў бағдарында көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ушын қабыл етилген 213-санлы тарийхый Пәрманда да қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын бир қатар жеңилликлер жаратылған болып, бул бағдарда да көплеген жумыслар жолға қойылмақта.
Өткерилген қабыллаў мине усы ийгиликли жумыслардың даўамы болып, барлық илажлар исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың машқалаларын шешиўге қаратылған.
Билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигин орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Буннан тысқары, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Мәселен, Нөкис районынан келген Сапарова Айымханның исбилерменлигин кеңейтиўи ушын керекли болған 15 гектар жер майданы ажыратып берилетуғын болды. Улбосын Оразбаеваның исбилерменлигин кеңейтиў ушын алған кредит қаржыларын төлеўде ушырасып атырған машқалаларға бола, ўақтынша мүддетли жеңиллик бериў бойынша мүрәжатына тийкар 6 айға жеңиллик берилетуғын болды. Сондай-ақ, Бердишев Темирбек өз исбилерменлигин кеңейтиў ушын жер орын сорап билдирген мүрәжатына тийкар, өзи қәлеген орнынан жер орны аукционға қойып берилетуғын болды. Улыўмаластырып барлық машқалалар итибарға алынып, нызам шеңберинде шешимин табыў илажлары көрилди.
Сондай-ақ, өз басламасы менен келген исбилерменлер пикирлери тыңланып, ҳәр бир баслама көтерген, жаңа жумыс орнын жаратаман деген исбилермен қоллап-қуўатланатуғынлығы атап өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети