Жоқарғы Кеңес депутатлары бүгинги сынаўлы күнлерде өз жумысын пидайылық пенен атқарып атырған тараў хызметкерлерине миннетдаршылық билдирди
932
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине Әмиўдәрья районынан сайланған депутатлар Қ.Баймуратов, Я.Ахмедов ҳәм С.Хожамуратовалар бүгинги сынаўлы күнлерде өз жумысын пидайылық пенен атқарып атырған тараў ўәкиллери менен ушырасты. Ҳаўа райының суўытып кетиўи менен байланыслы электр энергиясына болған талап күшейип, тараў хызметкерлериниң жуўапкершилигин еледе арттырып атыр. Өз нәўбетинде электр энергиясын турақлы жеткерип берилиўин тәмийинлеўши кәрхана жумысшылары жумысларын бар ғайраты ҳәм күш-жигери менен минсиз атқарып келмекте.
Жоқарғы Кеңес депутатлары тараў ўәкиллери менен ушырасып, суўық күнлерде көрсетип атырған пидайылықлары ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм күнделикли хызметин атқарыўда зәрүрли әсбап-үскенелерин алыўда әмелий жәрдем көрсетти. Буннан соң депутатлар районлық абаданластырыў хызметкерлери менен ушырасты. Әне усы инсанлардың мийнетлери менен көшелеримиз таза ҳәм азада. Олардың машақатлы мийнетлери барқулла итибарға ылайық. Биз ыссы үйимизде шаңарақ ағзаларымыз бенен дәстурхан әтирапында отырғанымызда олар қаламыздың тазалығы ушын аянбай мийнет етип атыр. Депутатларымыз тәрепинен тараў хызметкерлери ушын түслик шөлкемлестирилип, кеўиллер хошланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети