Өзбекстан-Сингапур: Көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыўдың жаңа шыңлары
1147
Бүгин, 17-январь күни Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Сингапурға мәмлекетлик сапары шеңберинде жоқары дәрежедеги илажлар – усы мәмлекет Президенти Ҳалима Яқуб ҳәм Бас министри Ли Сянь Лун менен сөйлесиўлер болып өтти. Президент Шавкат Мирзиёевтиң Сингапурға мәмлекетлик сапары шеңберинде жоқары дәрежедеги илажлар-усы мәмлекет Президенти Ҳалима Яқуб ҳәм бас министри Ли Сянь Лун менен сөйлесиўлер болып өтти. Өзбекстан-Сингапур саммитинен алдын Сингапур Президентиниң «Истана» сарайында Ш.Мирзиёевти күтип алыў мәресими болды. Сарай алдындағы майданда жоқары мәртебели мийман ҳүрметине Ҳүрметли қараўыл сап тартты. Әскерий оркестр еки мәмлекеттиң гимнлерин атқарды.
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Сингапур Президенти Ҳалима Яқуб Ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады. Соң Өзбекстан Президентиниң ҳүрметине Сингапурдың миллий белгиси болған орхидея гүлиниң жаңа сортына атама бериў мәресими болып өтти. Бундай илажлар дәстүрий түрде мәмлекеттиң жоқары мәртебели мийманлары ҳәм белгили ғайраткерлерге жоқары ҳүрмет белгиси сыпатында өткериледи.
Дәстүрге бола, Ш.Мирзиёев гүлдиң жанына жаңа түрдеги орхидеяның аты – «Шавкат Мирзиёев орхидеясы» деп жазылған тахтайшаны жайластырды. Бул көркем ҳәм жайылып өсиўши гүл Encbi Purple ҳәм Kila Blue орхидеяларының гибриди болып есапланады. Узынлығы 45 сантиметр болған қабат-қабат жапырақлы қосгүллер, олардың ҳәр биринде 17 ден 20 ға шекем гүл пайда етеди, ҳәр бир гүлдиң ени 5 сантиметр әтирапында. Ашық сыярең жапырақлар ҳәм кесе жапырақлардың шети жумсақ көгис рең. Буннан соң Президентлер еки тәреплеме ушырасыў өткерди. Өзбекстан ҳәм Сингапур арасындағы қатнасықларды және де тереңлестириў перспективалары, жәмийетлик-сиясий турмысты демократияластырыў бағдарындағы реформалар бойынша пикир алысылды. Билимлендириў тараўында жедел бирге ислесип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ташкентте Сингапур менеджментти раўажландырыў институты ҳәм Сингапур технологиялар, менеджемент ҳәм коммуникациялар академиясы табыслы жумыс алып бармақта.
Еки мәмлекеттиң Орайлық ҳәм Қубла-Шығыс Азияда регионаллық бирге ислесиў ҳәм интеграцияны кеңейтиў бағдарындағы тәжирийбеси толық көрип шығылды. Өзбекстан ҳәм Сингапур халықаралық майданларда регионаллық турақлылық ҳәм избе-из раўажланыў мәселелеринде бир-бирин түсиниўи ҳәм бул бағдардағы басламаларды әмелге асырыўға өз-ара жәрдемлесип атырғаны атап өтилди. Ушырасыў жуўмағында бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды. Шавкат Мирзиёев Ҳалима Яқубты өзине қолайлы болған ўақытта мәмлекетимизге сапар менен келиўге мирәт етти. Соң «Истана» резиденциясында Президентимиз Сингапур бас министри Ли Сянь Лун менен сөйлесиў өткерди. Жетекшилер бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективаларын ҳәр тәреплеме көрип шықты, тийкарғы бағдарлардағы байланыслар жедел пәт пенен раўажланып баратырғаны атап өтилди. Соның ишинде, саўда-экономикалық тараўда сезилерли нәтийжелерге ерисилди. Кейинги жыллары товар алмасыў еки есеге артты. Өзбекстанда Сингапур капиталының қатнасыўындағы кәрханалар саны 4 есеге көбейди Бул мәмлекеттен елимиз экономикасына тиккелей инвестициялар көлеми 700 миллион долларға жеткен. Көплеген тараўларда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ушын үлкен резервлер бар екенлиги атап өтилди. Сингапур-Азия-Тыныш океаны регионының экономикалық орайы. Көп жыллардан берли бул мәмлекет электроника, химия санааты, биотехнологиялар, банк тараўы, логистика ҳәм транспорт машина қурылысы сыяқлы әҳмийетли тармақлардағы табысларына сүйенип, жер жүзиндеги ең ири ҳәм раўажланған экономикалардан бири болып келмекте. Усыларды есапқа алып, мәмлекетимиз басшысы Сингапур менен жақын келегешектеги бирге ислесиўдиң бес тийкарғы бағдарын көрсетип өтти. Бириншиси –инсан капиталын раўажландырыў ҳәм мәмлекетлик басқарыў ушын жоқары тәжирийбели кадрлар таярлаў. Ли Куан Ю атындағы Мәмлекетлик сиясат мектебиниң қатнасыўында басқарыў, қала қурылысы, инфраструктураны раўажландырыў, санлы трансформация, инновациялар, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында биргеликте мәмлекетлик хызметкерлерди таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бағдарламасын әмелге асырыўға келисип алынды. Сондай-ақ, Өзбекстан Мәмлекетлик басқарыў академиясы негизинде Сингапурдың жетекши экспертлерин тартқан ҳалда мәмлекетлик хызметкерлерди интенсив қайта таярлаў бағдарламасы иске қосылады. Екинши бағдар Сингапурды Өзбекстандағы меншиклестириў процесслерине тартыўға қаратылған. Усы мәниде, сөйлесиўлерде Сингапурдың жетекши компанияларының алдыңғы тәжирийбеси, заманагөй технологиялары ҳәм басқарыў усылларынан пайдаланған ҳалда Өзбекстанның ири кәрханаларын меншиклестириў шеңбериндеги жойбарларды әмелге асырыў перспективалары додаланды. Мәмлекетлик кәрханаларды трансформациялаў ҳәм структуралық өзгерис, кейин ала оларды IPOға шығарыў ҳәм сыртқы инвестицияларды тартыў ушын биргеликтеги Инвестиция қорын дүзиў усыныс етилди. Үшинши тийкарғы бағдар сыпатында алдыңғы «жасыл» технологиялар ҳәм санлы шешимлерди тартыў белгиленди. Сингапурдың санластырыў тараўындағы жетискенликлерин енгизиў, сондай-ақ, усы мәмлекеттиң «жасыл» раўажланыў бойынша инновациялары менен технологияларын қолланыў имканиятлары додаланды. Төртиншиси – қала инфраструктурасы ҳәм коммуникацияларды жетилистириў. Қалаларды режелестириў ҳәм қурылыс, көклемзарластырыў, коммуналлық хожалық тараўларында бирге ислесиў бойынша илажлар келисип алынды. Өзбекстанда инфраструктура ҳәм тармақ жойбарларын әмелге асырыў бойынша биргеликтеги Жойбарластырыў ҳәм инжиниринг орайын шөлкемлестириў бойынша келисим бул бағдардағы биринши қәдем болды. Бирге ислесиўдиң бесинши бағдары шеңберинде инвестициялар ҳәм өз-ара саўданы кеңейтиў, Сингапурдың жетекши компаниялары менен биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Устав капиталы 500 миллион доллар болған Өзбекстан-Сингапур инвестиция компаниясын шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди. Буннан тысқары, тәреплер халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды. Ашық ҳәм дослық руўхында болып өткен ушырасыў соңында Шавкат Мирзиёев Ли Сянь Лунды өзлерине қолайлы болған ўақытта мәмлекетимизге сапар менен келиўге мирәт етти. Делегациялар басшылары жанында еки мәмлекет ҳүкиметлери, министрликлери ҳәм уйымлары дәрежесинде Өзбекстан-Сингапур бирге ислесиўин және де кеңейтиўге қаратылған 8 ҳүжжет алмасылды. Атап айтқанда, билимлендириў, транспорт, денсаўлықты сақлаў, кадрлар, соның ишинде мәмлекетлик хызметкерлерди таярлаў тараўларында бирге ислесиў ҳаққында келисимлер қабыл етилди. Сондай-ақ, саўда-экономикалық шериклик, еки мәмлекет прокуратуралары арасындағы бирге ислесиў бойынша келисимлерге ерисилди. Күнниң екинши ярымында мәмлекетимиз басшысы Ли Куан Ю атындағы Мәмлекетлик сиясат мектебине барады ҳәм Сингапурдың жетекши компанияларының басшылары менен ушырасыў өткереди. Бүгинниң өзинде Президент Шавкат Мирзиёев Ташкентке жөнеп кетеди.