Бүгинги күнде тәбият ынжықлықларының бири, яғный, суўық ҳаўа райында халқымыз сынаўлы күнлерди басынан өткермекте
1433
Елге келген сынаў кеңпейил халқымызды жәмлестирип, жоқары пазыйлетлердиң бири болған аўызбиршилигимизди, инсаныйлығымызды ҳәм қайырқомлығымызды еле де арттырды.
Ҳәзир көпшилик саўаплы истиң басында. Қыйын-қыстаўлы дәўирде халқымыз бир-бирине жәрдем қолларын созып, машақатты бирге жеңип өтпекте.
Ҳәзирги ўақытта ҳәр бир шаңараққа турақлы электр энергиясының жеткерип берилиўинде үзилиске жол қоймаў мақсетинде мүтәж шаңарақлардың электр энергиясынан болған қарыздарлығы анықланып, мәмлекет тәрепинен жеңиллетип бериў илажлары көрилмекте.
Ҳәзир шын мәнисинде аўызбиршиликтиң жоқары үлгиси көрсетилмекте. Кеңпейил ҳәм баўырман халқымызға усындай қыйын шараятты дурыс түсингени ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси өзиниң терең миннетдаршылығын билдиреди ҳәм биргеликте барлық машақатты жеңип өтеди деп беккем исенемиз.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети