Елимизде бақланып атырған суўық ҳаўа жағдайында барлық тараўлар халқымыздың зыянсыз шығып кетиўи ушын аянбай мийнет етип атыр
1239
Сол қатары елимиздиң электр энергиясы менен байланыслы мәселеси бүгинги күнде баслы ўазыйпамызға айланған Тақыятас ыссылық электр станциясының халқымызды электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ бенен тәмийинлеўдеги әҳмийети айрықша.
Президентимиздиң тиккелей басламасы менен 2017-жылдың декабрь айында инвестициялық жойбар тийкарында қурылысы басланған Тақыятас ыссылық электр станциясында жаңадан 280 Мегаваттлық еки дана пуў газ қурылмасы 2020-жылда қурып питкерилди.
Тақыятас ыссылық электр станциясы Қарақалпақстан Республикасы менен Хорезм ўәлаятын 100 пайыз электр энергиясы менен тәмийинлеўши ыссылық электр станциясы болып, ол жоқары газ басымы менен ислейтуғын болғанлықтан бүгинги суўық ҳаўада Қарақалпақстан Республикасына тәбийғый газ басымы қосымша ажыратылмақта ҳәм соның есабына шаңарақларда газ басымының ҳәдден тыс төменлеп кетиўиниң алды алынып атыр.
Ҳәзирги жағдайда Тақыятас ыссылық электр станциясында ислеп шығарыў турақлылығын тәмийинлеў бойынша жумыслар күшейтирилген режимде алып барылып, 24 саат даўамында халқымызды электр энергиясы мененен үзликсиз тәмийинлеўдиң барлық илажлары көрилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети