Шыпакерлердиӊ абыройын, дәраматларын арттырыў ҳаққында айтқан сѳзлери биз ушын күтилмеген ўақыя болды
2110
Президентимиздиң Олий Мажлиске Мүрәжатында медицина тараўын және де жетилистириў, соннан жеке медицинаны еле де раўажландырыў ҳаққында усыныслар билдирилгени усы тараўда мийнет етип атырған пидайы инсанлардың кеўлиндеги гәп болды, десем қәте айтпаған боламан. Ҳақыйқатында да, жеке медицинаны раўажландырсақ, мәмлекетлик емлеўханалар менен бәсеки пайда болады. Бәсеки болса, медицина хызметкерлерине ѳз үстинде ислеўди, технологиялық жаңаланыўды, тәжирийбе арттырыўды талап етеди. Бул ѳз нәўбетинде халыққа медициналық хызмет кѳрсетиўдиң сапасы және де артады, деген сѳз.
Буннан тысқары, шыпакерлердиң абыройын, дәраматларын арттырыў ҳаққында айтқан сѳзлери биз ушын күтилмеген ўақыя болды. Буннан жүдә руўхланып кеттик. Енди биз, шыпакерлер ѳзимиздиң мойнымызға жүклетилген ўазыйпаны артығы менен орынлап, халықтың саламатлығын тиклеў, кеселликлердиң алдын алыў, саламат турмыс тәризин раўажландырыўымыз зәрүр.
Алима Маткаримова,
халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси депутаты,
Республика балалар көп тармақлы медицина орайы бас шыпакери