Төрткүл районында «Меҳир ҳәрекети» кәрўаны жолға шықты
1198
Елимизде жәрдемге мүтәж инсанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, қыйын күнинде оларға көмекши, қорғаўшы болыў мақсетинде басланған «Меҳир ҳәрекети» басламасы республикамыздың барлық орынларында даўам етип атыр.
Халқымызға тән кеңпейилликтиң көриниси болған бул баслама тийкарында социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж, бағыўшысынан айырылған ямаса жәрдем бериў зәрүрлиги бар шаңарақлардың ҳалынан хабар алынып, қыстан бийзиян шығыўы ушын жәрдем берилмекте.
Усы «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде Төрткүл районындағы мүтәж, социаллық қоллап-қуўатлаўға зәрүрлиги бар 510 шаңараққа Мәҳәлле қайыр-сақаўат жәмийетлик қоры жанындағы «Сақаўат ҳәм көмек» фонды қаржылары есабынан биринши дәрежедеги азық-аўқатлық затлар ҳәм тутыныў буйымлары жеткерип берилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети