Президент қарары менен республикамыздың ең шетки аймақларына да электр энергиясын турақлы түрде жеткерип бериў тәмийинленбекте
1215
Ҳәзирги ўақытта халқымыз сынаўлы күнлерди басынан өткерип атырған болып, суўық ҳаўа райы шараятында барлық пуқараларымыздың үйлерине, соның ишинде ең шетки аймақларға да электр энергиясын жеткерип бериў бойынша жумыслар системалы түрде даўам еттирилмекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еледе жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-408-санлы қарарына тийкарланып, Қоңырат районының «Темир жол» МПЖ ҳәм республикамыздың ең алыс аймақларының бири болған «Жаслық» посёлка пуқаралар жыйыны аймақларына қуўатлылығы 250 кВА болған 2 жаңа трансформатор пунктлери ҳәм 40 тан артық темир-бетон бағаналары орнатылып, аймақта жасаўшы халықтың электр энергиясына болған талабы қанаатландырылып атыр.
Бүгинги қыйын-қыстаўлы күнлерде ҳәр бир шаңарақтың электр энергиясына болған талабы қанаатландырылып, олардың суўық күнлерден бийзыян шығыўын тәмийинлеў баслы ўазыйпаға айланған ҳәм бул жолда тараў хызметкерлери барлық зәрүрли илажларды көрмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети