«Меҳир ҳәрекети» шеңберинде Кегейли районындағы жәрдемге мүтәж шаңарақлардан хабар алынды
1424
Бүгинги сынаўлы күнлерде бир-бирине меҳир кɵрсетиў илажлары халқымыздың аўызбиршилигин және де беккемлеп, елимизде инсан қәдир қымбаты уллы екенлигиниң айқын мысалы сыпатында турмыста өз сәўлелениўин таўып атыр.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, депутат Дауытбай Қурбаниязов Кегейли районында болып, аўыр турмыс шараятында жасап атырған, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж ҳәм кɵп балалы шаңарақлардың жағдайларынан хабар алып, олар ушын күнделикли зәрүр болған азық-аўқат ɵнимлери, жыллы кийим-кеншеклер ҳәм хожалық буйымларын тарқатты.
Жәрдемге мүтәж инсанлардың ҳалынан хабар алыў арқалы райондағы 10 шаңараққа меҳир ҳәм итибар бөлисилди. Айтып өтиў орынлы «Меҳир ҳәрекети» қайыр-сақаўат илажлары шеңберинде шаңарақларға мәмлекетимиз итибары ҳәм ғамқорлығы кирип бармақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети